Балалар, жас өспиримлер, оларды тәрбиялаўшылар өз өмир-иниң қыйын мәўритлеринде социаллық педагогтан кеңеслер сораў-ды. Турмыста ушырасқан ҳәр қыйлы жағдайларды, машқалаларды өзлигинше шешимин таба алмаған жағдайларды, албыраған үмитин үзген, түрли гуманлардан қыйналған ҳәм азапланған ўақытларда, олар адамлардың түсиниўин хам дартликти, адамыйлық қоллап-қуўатлаўды ҳәмде анық жәрдемди күтеди. Сөз бенен ҳәм ис пенен жәрдем бериў, олардың ҳәр қайсысының өзине исенимин арттырыў өз қәдир қымбатын баҳалап билиўди үйретиў, өмирге көзин кеңи-рек ашыўға мәжбурлеў- социал педагогтың баслы ўазыйпасы. Жас жүреклерди сақлап қалыў ҳәм тәрбиялаў-оның тийкарғы миннети.
Бул пән арқалы сизлер төмендегилерди билип аласыз.
Социал педагог дегенимиз ким.
Ол қандай сыпатларды ийелеўи керек,
Оның кәсиплик технологиясының сыры қандай, социаллық-педагогикалық қоллап-қуўатлаўға ким мүтәж болады.
Социаллық педагогикалық диагностика дегенимиз не,
Социал педагог ким менен кәсиплик байланыс жасайды.х.т.б.
Аўқам дәўиринде социаллық педагогика түсиниги дерлик қолланылмады. Ñîöèàëëûқ ïåäàãîãèêà философияда инсан, орталық ҳәм тәрбия, жеке адамның қәлиплесиўи, оқытыў,инсанның раўажланыўы туўылғаннан баслап дүньядан өткенше сыртқы,тек сыртқы, тек сыртқы факторлар тәсиринде болады деген көринисте қарастырылды. Ҳәзирги ўақытта жәмийеттиң ҳәр қыйлы қатламлары социаллық педагогиканы қарастырады.
Ҳәзирги күнде инсан ҳәм орталықтың өз-ара қатнасы кескин тўс алып атыр. Шаңарақ пуқаралық,диний ҳәм хуқықый тәрбия тараўларында жеке адамды жедел социалластырыў болып өтпекте. Инсанға бундай мақсетке қарастылған тәсир көрсетиў социаллық тәрбия болып табылады. Бул билимлерди, минез-қулық нормала-рын, жәмийеттеги қатнасларды үйрениўдиң көп басқышлы процес-си болы есапланып, нәтийжеде жеке адам жәмийеттиң тең хуқуқлы ағзасы болып шығады.
Социаллық педагогика тәрбиялаў процессин, жеке адам социалогиясын теориялық ҳәм әмелий жақтан қарастырады. Ол инсан минез-қулқының сыртқы орталық тәсиринде аўытқыўын яки сәйкес келиўин үйренеди, бул жеке адамды социалластырыў делинеди.