Химия санааты ҳәм ислеп шығарылған химиялық өнимлер ғәрезсизлигимиздиң техника-экономикалық базасын жаратыўда әҳимийетли орын тутады. Буннан тысқары химия санаатының тез пәт пенен раўажланыўындағы тийкарғы шараятлардан бири, санаатты шийки зат пенен жетерли дәрежеде тәминлеў, оннан толық ҳәм туўры пайдаланыўдан ибарат.