Поэтика – бул биринши гезекте дөретпениң жанры ҳәм стили. Халық дәстанларының көркем поэтикасын изертлеў улыўма халық поэзиясын изертлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Халық дәстанлары тек мазмуны жағынан баҳалы болып қалмастан, ал формасы бойынша да көзге түседи. Дәстанлардың композициясы, образлар системасы, сүўретлеў қураллары, прозасы менен қосық қурылыслары, эпосты дөретиўшилердиң философиясы менен байланысып, халықтың белгили бир дәўирдеги поэтикалық шеберлигин көрсетеди. Халық дөреткен дәстанлардың қәлиплесиўинде мазмуны ҳәм формасы жағынан пүтин бир дөретпеге айланыўында халықтың арасынан шыққан жыраў-бақсылардың роли күтә үлкен. Себеби, дәстанларды оның атқарыўшыларынан бөлип алып қараўға болмайды. Жыраў-бақсылардың шеберлик қәсийетлерин дәстанның көркемлик өзгешелигине байланыслы қараў тийис. Халқымыздың әсирлер бойы дөреткен поэтикалық творчествосында оның барлық үлгилерине халық арасынан шыққан бирнеше талант ийелериниң ақыл-ой шеберлиги орын алған.