Социалл педагогиканың жәмийетлик мазмуны азапқа түскен адамға жәрдем бериўде, шаңараққа, балаға өз өмир жолын таңлаўда өз уқып ҳәм көнликпелерин тийкарында раўажланыўына жәрдем бериўинде көринеди. Әдеп-икрамлық қатнаслар жолына түсиўде жәрдем береди. Социаллық педагогика - социаллық тәрбия ҳәм билим бериў искерлигиниң өзине тән айрықша усылларына ийе болған педагогиканың айырым бир бөлими есапланады. Социаллық педагогика усыллары жеке адамға, оның өзи-өзинен жетилисиўине, тәрбиялаўына, шөлкемлестириўине, беккемлеўине қаратылған болады.