Жоқары билимли ҳәм интелектуаллығы раўажланған әўладты тәрбиялаў турақлы раўажланыў ҳәм модернизациялаўдың ең әҳмийетли шәрти. Бугинги кунге келип путкил дуньяда билимлендириў системасын туптен өзгертиў процеси өтпекте. Себеби, ХХI әсирди интелектуаллық әсири ҳәзирги тәлим системасы ушын оқытыўшының уйреткени менен шекленип қалатуғын оқыўшыларды таярлаў мақсетинде болмай қалады. Тийкарынан, оқыўшылар санасын раўажландырыўға бағдарланған бундай тәлим бағдарлары дәўир талабына жуўап берип қалмайды. Себеби, ҳәр қандай кушли сана ҳәм шексиз дуньяда барлық ҳәдийселердиң барлығын қамтып ала алмайды.