Базар қатнасықлары раўажланып атырған бир пайытта мәмлекеттиң экономикалық, социаллық ҳәм сиясий ўазыйпаларын орынлаў ушын орайластырылған финанслық қаржыларға ийе болыў зәрүрлиги күшейип барады. Илимий тийкарға таянған бюджет системасының тийкарғы бағдарлары финанслық ресурслардан пайдаланыў нәтийжелилигин асырыў, социал-экономикалық раўажланыўды турақластырыў мақсетинде мәмлекеттиң ықтыярындағы финанслық ресурсларды орайластырыўдан ибарат болады.