Ҳақыйқатында да тил ҳаққында ойласақ ең алды менен бизиң көз
алдымызға сөз келеди. Биз сөз ҳаққында ойлаў арқалы тилди түсиниўге
умтыламыз. Өйткени сөз тил ҳаққындағы мəселелерди анықлаўдағы ең
тийкарғы бирлик болып есапланады. Олай болатуғын болса ҳəзирги
заман қарақалпақ əдебий тилиниң лексикасын, оның семасиологиялық
айрықшалықларын анықлаў ушын биз ең тийкарғы категория болған сөз
ҳаққында əңгиме етиўимиз керек. Оның үстине сөз лексикологияның,
оның ажыралмас бир бөлеги семасиологияның тийкарғы объекти болып
табылады.