Суўдың қаттылығын анықлаў оның хромогенлар жəрдеминде (тоқ көк кислоталы хром ямаса қара кислоталы хром) трилон Б менен аммиаклы шараятда рН=9-10 да титрлаўға асасланған. Хромогенлар Mg++ ҳəм Ca++ ионлары менен қызыл реңге боялған комплекс бирикпелер ҳасыл қылады. Трилон менен тирлағанда суўдағы Ca++, Mg++, Cu++, Zn++, Mn++, Cd++, Ni++, Al++, Fe++, Fe+++ соның менен кем диссоциацияланған бирикпелер ҳасыл қылады. Титрлаўдың ақырында металлар ионлары хромоген менен ҳасыл қылған комплекс бирикпелерден трилонға өтеди, (зангори-бинафша) реңине өтеди ҳəм титрлаў тамам болғанын көрсетеди