Илимий техникалық раўажланыўдың тезлениўи хам тийкарғы бағыттағы койылатуғын жаңа талаплар Республикамыз жасларының соның ишинде жетекши жоқары оқыу орынларындағы бакалавр касиплик тəлим қанийгелериниң алдыларына жаңа XXI əсир талабына муўапық үлкен уазыйпаларды жүклейди. Кəсиплик тəлим қəнигелиги келешекте мəмлекеттиң сиясий ҳəм экономикалық тараўында жетекши қəниге болып табылады. Əсиресе үлкен территориялық ресурсларға экономикалық потенциалға ҳəм халық хожалығынын рауажлантырыўына ийе болған Республикамызда үлкен əҳмиетке ийе. Бир нешше жыллардан берли жоқары оқыў орнының кəсиплик тəлим қəнигелигин жуўмақланған қəнигелери колледж ,мектеп,лицей ҳəм өндирис илимий ислеп шығарыўшы тараўында илимий ҳəм методик жумыс тараўында ислеп келмекте.