Гидравлика пəни суйықлардың тыныш ҳəм ҳəрекеттеги өзгериў нызамлықларын үйрететуғын
пəн болып есапланады. Усы нызамлықлардың анық инженерлик мəселелерди шешиў де қолланыў
усылларын үйренеди. Гидравлика сөзи юнон тилинде суў ҳəм қубыр сөзлеринен қуралған. Оларды
қосып оқығанымызда қубырдағы суўдың ҳəрекети деген мəни келип шығады. Кейиншелли
гидравлика сөзи тек суўдың трубадағы ҳəрекети емес, ал ашық өзенлердеги ҳəрекетин де
аңлататуғын болды. Себеби гидравлика напорлы (трубада) ҳəм ашық өзенлердеги напорсыз
ҳəрекети нызамлықларын үйренеди.