1-анықлама. [a,b] кесиндиде анықланған f (x) функция берилген болсын. Егерде ҳəр қандай ∀x1,x2 ∈[a,b] ушын x1 < x2 болғанда f (x1)≤ f (x2)
теңсизлик орынлы болса, онда f (x) функция монотон кемимейтуғын функция деп аталады.
Монотон өспейтуғын функцияның анықламасы ҳəм усыған уқсас бериледи.