Бул китап автордың фразеология тараўы бойынша көп жыллық илимий жумысларының жуўмағы сыпатында баспаға усынылып отыр.
Қарақалпақ тили - турақлы сөз дизбеклерине оғада бай түркий тиллериниң бири. Сонлықтан бул мийнетте турақлы сөз дизбеклериниң ҳәммеси емес, ал оның дүзилиси бойынша айрықша бир түри болған теңлес еки компонентли фразеологизмлер сөз етиледи.