Интернеттиң пайда болыўына профессор Моналд Клейнроактың докторлық диссертациясы (1962-ж) тийкар болғанлығы, ең дəслеп Лос-Анжелесдеги Калифорния университети менен Калифорниядағы Станфорд изертлеў институтына орнатылған компьютерлер бир-бирине жалғанғанлығы бəршеңизге мəлим. Интернеттиң ең дəслепки пайда болыўындағы тийкарғы мақсет информацияларды алыў ҳəм жеткизип бериў болған болса, ҳəзирги кҥнге келип оның мақсет ҳəм ўазыйпалары бир қанша кеңейип бармақта.