Ҳәр бир халықтың узақ ӛтмиши, шынлыққа толы дәўирлери, ўақыялары, мақсетке муўапық раўажланыўы музыка менен сыбайлас. Ерте дәўирлерден баслап-ақ музыка үзликсиз рәўиште халықтың жасаў ӛмири, заманның ағымы менен тығыз байланыста. Қайсындай ўақыяға байланыслы дӛреген нама, халық намаларына айланып кеткен. Сонлықтан халық намасы-деген атама келип шыққан. Сол ерте дәўирден бери аталып киятырған халық намаларында сазға уқыбы бар инсанлар дӛреткен. Бирақ бул инсанлардың атлары сақланып қалмаған.