Бизиң ата-бабаларымыздың әсирлер даўамында ӛзиниң айрықша, ӛзине тән миллий колоритке ийе кӛркем-ӛнерин кӛздиң қарашығындай сақлай отырып, бизиң жасларымыз ата-бабаларымыздан мийрас болып келген Ала мойнақ дуўтар саз әспабын үйренип, дүнья жүзлик мәмлекетлерине барып миллий ғәзийнелеримизди таныстырып келмекте.