Усы жыллар даўамында бул экспедициялар тәрепинен антик дәўирден соңғы орта әсирлерге шекемги замандағы естеликлер изертленди. Бул
изертлеулер жуўмақлары С.П.Толстов тарепинен үйренилип тәртиплестирилген. ХАЭЭ илимий хызметкерлери тәрепинен жазылған мийнетлерде, мақала китапларда Арал бойы аймақларында, Хорезм оазисинде цивилизация басқышларының рауажланыуы, айрым изертилеулер арқалы олардың инқиразға ушрау себеплерине де азы кем тоқтап ӛтилген. Бирақ ески дүзимлердиң идеолгиялық түсиниклерине байланыслы естеликлердиң бүлиниуи, архео-этнографиялық материаллардың экологиялық жағдайларға байланыслы қублысларды үйрениудеги әҳмийетине дыққат аударылмаған.