Илимий жумыстың мақсети ҳəм ўазыйпалары. Илимий жумыстың тийкарғы мақсети, қарақалпақ классик шайыры Əжинияз шығармаларында қолланылған антропонимлердиң лексикалық қатламы, тарийхый шығысы, грамматика-структуралық ҳəм семантика-тематикалық т.б. бир қатар өзгешеликлерин илимий тийкарда үйренеди.