пəнинен дүзилген жаңа сабақлықта үлкемиздиң экономикалық-географиялық жайласқан орны, ресурс потенциалы, хожалығы-ның аймақлық ҳəм тараўлық структуралары, экологиялық дағдарыс жағдайында өндирис тараўларының нəтийжелилигин арттырыў мəселелери бойынша социаллық ҳəм экономикалық аспекттеги оқыў материаллары берилген. Жаңа сабақлықтың V бабында халыққа хызмет көрсететуғын инфраструктураларды раўажландырыў жолы менен аўыллық жерлердиң мəдениятын көтериў ҳəм халықты жумыс пенен тəмийинлеў бойыншада мағлыўматлар усынылған