Экстремаль жағдайлардағы биотехнологиялық системаларды басқарыў моделлери ҳәм алгоритмлерин ислеп шығыў

Экстремаль жағдайлардағы биотехнологиялық системаларды басқарыў моделлери ҳәм алгоритмлерин ислеп шығыў
Daraja:
Oliy ta`lim
Yo'nalish:
Ilmiy-ta`limiy
Turi:
Magistrlik dissertatsiyasi
Nashr etilgan yili:
2014
Til:
Qoraqalpoq tilida
Yaratilan vaqti:
2021-04-13 06:04:11
Магистрлик диссертация жумысында алынған тийкарғы нәтийжелер төмендегилерден ибарат: 1. Өндирислик объектлерин басқарыў системаларын ислеп шығыўды раўажландырыўдыӊ заманагөй аўҳалы ҳәм раўажланыў тенденциясына системалы анализ өткерилди, ситуациялық басқарыў раўажланыўыныӊ тийкарғы басқышлары, ҳәр қыйлы жағдайлардағы объектлерди кепилленген басқарыў усыллары улыўма характеристикалары ҳәм өзине тән өзгешеликлери анықлап алынған. 2. Экстремаль жағдайлардағы өндирислик объектлерди басқарыў стратегиясын таӊлаўды моделлестириў ушын ситуациялық басқарыў ҳәм оптималь кепилленген нәтийже усыллары изертленген. Оныӊ тийкарғы мазмуны көп критериялы мәселениӊ еӊ жақсы (еӊ үлкен) кепилленген нәтийжесине теӊ оптималь щещимин табыўдан ибарат. 3. Кепилленген нәтийже принципи базасында, экстремаль жағдайдағы кепилленген шешим нәтийжелилигин баҳалаў моделлестирилген. Параметрлер өзгериўи областы көлеми бойынша ҳәр қыйлы болатуғынлығы, усыған байланыслы түрлендириўлер жәрдеминде параметрлер өзгериўиниӊ бирдей областына келтирилиўи белгилеп алынды. Параметрлерди анализлеў тийкарында үш өлшемли кеӊисликте биотехнологиялық процесслер мысалында моделлестириў нәтийжелери келтирилген. 4. Биотехнологиялық система айырым процесслерин ҳәм толық системаны басқарыў алгоритмлери келтирилген. Алгоритмниӊ өзине тәнлиги басқарыў аппараты сыпатында ситуациялық (логико-лингвистикалық) моделлер ҳәм имитациялық моделлестириўден пайдаланып, шешим қабыл етиўши көп қәдемли шешимди қабыл етиўинен ибарат. 5. Экстремаль жағдайлардағы объектти, аналитикалық түрдеги функция ҳәм функционалын жаратыўға тийкарланып, еӊ жақсы кепилленген нәтийже менен объектти басқарыў стратегиясын таӊлаў алгоритми ислеп шығылды.

Дабавлено : 2021-04-13 06:04:11

Этот категорий

Ўзбекистонда демократик жамият қуриш назарияси ва амалиёти

Бухгалтерский учет и аудит

Қарақалпақ тилинде теңлес еки компонентли фразеологизмлер oқыў - методикалық қолланба

Ижтимоий-маданий фаолиятда сценарийчилик

Озиқ-овқат маҳсулотлари технологияси

Новый

Жиззах вилоятида туристик дестинацияларни ташкил этишнинг ҳудудий жиҳатлари

Таълим муассасаси раҳбарининг бошқарув фаолиятида соғлом ва ижодий муҳитни яратиш механизмларини такомиллаштириш

Ишлаб чиқариш таълими усталарининг касбий компетентлигини ривожлантириш

Eliptik qismi yuqori tartibli bo`lgan kasr tartibli xususiy hosilali differensial tenglamalar uchun to`g`ri va teskari masalalar

Саноат корхоналари ривожланишининг инновацион стратегияларини такомиллаштириш