Аңсатбай Қайратдиновтың мелодист композитор сыпатындағы дөретиўшилик жоллары мудамы халық творчествосы менен тығыз байланыста алып барылады. Буған оның творчествосындағы қайталанбас ширели мелодияларының халық қосықлары менен унлеслиги, олардың миллий ырғақларға бөленген жарасығы, өзиниң көп жыллық халық намаларынан уйренип тапқан оригинал ҳәм шырайлы кашырымлары дәлил бола алады.